Jaslar Shaxmat taxtası

«Жаслар шахмат тахтасы» спорт жарысын жаслар жетекшиси А. Бекмуратов шөлкемлестирди ҳәм алып барды. «Жаслар шахмат тахтасы» жеңимпазын анықлаў, жасларды спорт жарысларына ғалабалық раўиште қамтып алыў мақсетинде спорттың шахмат тури бойынша жарыс өткерилди.
Жарысқа 5-6-7-8-9-10 класс оқыўшыларынан жигирма еки оқыўшы қатнасты, оларды дене тәрбия пәни муғаллими П. Турғанбеков бақлап ҳәм баҳалап барды.
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары З.Атамуратова сөзге шығып, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм мәдений спорт жарысларын жолға қойыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, бузғыншы идеялардан аỹлақ болыỹ кереклигин түсиндирип өтти.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша жаслар жетекшиси А. Бекмуратов сөзге шығып ол өз сөзинде төмендеглерди айтып өтти. Бүгинги бийғәрез Өзбекистанымыздың жасларымызға бир қанша имканиятлар жаратылған, бул болса барлық педагогларға жүклейди. Өсип киятырған әўладлар арасында спортты кең ен жайдырыў, олардың спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўына мүмкиншиликлер жаратып бериў лазым. Усы мақсетте мектебимизде турақлы түрде спорт жарыслары өткерилиўин жобаластырғанбыз.
Сөзге дене тәрбия пәни муғаллими П. Турғанбеков шығып, мектебимизде спорт пенен шуғылланыў ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған. Ҳәммемизге мәлим спорт инсан өмиринде жетекши орында турады ҳәм де жаслардың надурыс жолларға түсип кетиўиниң алдын алады, олардың ден-саўлығын беккемлейди. Бундай жарыслар тек ғана оқыўшылар арасында емес ал муғаллимлердиң де арасында өткерилип турыў керек екенлигин айтып өтти.
Жарыс соңында қатнасыўшылардың ойынларын есапқа ала отырып қарар қабыл етти.
ҚАРАР:
- Ер балалар арсында 6-класстан Шыразов Р, Узақбергенов А, қызлар арасында 6-класстан Дарьябаева Р, Қайыпбергенова Ж, ер балалар арсында 7-класстан Муратбаев А, ер балалар арсында 10-класстан Дарьябаев Н, қызлар арасында 10-класстан Жанибекова Нуржамал жеңимпаз деп табылсын ҳәм Деплом ҳәм мақтаў жарлығы тапсырылсын.
- Бундай жарыслар турақлы түрде өтиўи шөлкемлестирилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў З.Атамуратоваға жүкленсин.