Sardar seminar

Басшылық етиўшы: А.Бекмуратов 5-санлы мектептин БШ жетекшиси
Катнасканлар: Э.Көптилеуов 23-санлы мектептин БШ жетекшиси.
Б.Оразалиев 29-санлы мектептин БШ жетекшиси.
О.Жолдасбаев 17-санлы мектептин БШ жетекшиси.
Жаслар аукамы мектеп Сәрдарлар Кенеси.
КҮН ТӘРТИБИ
- Өзбекистан жаслар аўқамы, “Камалак” балалар шөлкеминиң бағдарлары, мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында
- Өзбекистан жаслар аўқамының улыўма билим бериў мектебиндеги мектеп Сәрдарлар Кеңеси, бағдар сәрдарларының ўазыйпалары ҳақкында
Тынланды
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша А.Бекмуратов хам О.Жолдасбаевлар сөзге шықты.
Сөзге шықкынлар тәрепинен Өзбекистан жаслар аўқамының Уставының толық қоллап-қуўатланғанлығы айтылып, оның мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда ҳам оларды үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетиў кереклигин атап өтти. Сондай-ақ, жаслар өз алдына Өзбекистан жаслар аўқамына ағза болыўды мақсет етип қойыўы, бул мақсетлер қарай ҳәрекет етиўи олардың ҳәр тәреплеме кәмил болып қәлиплесиўинде айырықша орын ийелеўи айтып өтилди.
Күн тәртибиндеги екинши мәселе Өзбекистан жаслар аўқамының улыўма билим бериў мектебиндеги мектеп Сәрдарлар Кеңеси, бағдар сәрдарларының ўазыйпалары ҳаққында 23-санлы мектептин БШ жетекшиси Э.Көптилеуов түсиндирип берди. Соның менен бирге бағдар сәрдарлығына талабанлар өз бағдарламалары менен таныстырды.
Күн тәртибидеги мәселелер бойынша билдирилген пикир ҳәм усыныслар көрип шығылып, мәжилис
ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Өзбекистан жаслар аўқамының Уставы, “Камалак” балалар
шөлкеминиң Нызамы мағлыўмат ушын қабыл етилсин ҳәм оқыўшылар арасында бул бойынша турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылсын.
- Сәрдарлар Кеңеси, бағдар сәрдарларының ўазыйпаларының орынланыўы тәмийинленсин.
- Усы қарардың орынланыўын №5, №17, №23, №29 мектеп жетекшилерине жуклетилсин.