» Úgit násiyatshı kitapqumar oqıwshı nominaciyası

Úgit násiyatshı kitapqumar oqıwshı nominaciyası

mektep5 Фев 23 2018 Kommentariy joq

Мектеп оқыўшылары арасында китапханлықты ен жайдырыў, мектеп оқыўшыларының китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Қараөзек районы ХББниң 2018-жыл 30-январьдағы «Улыўма орта билим бериў мектеплеринде Үгит –нәсиятшы китапқумар оқыўшы» номинациясын енгизиў бойынша 14-санлы буйрығына тийкарланып, оқыўшылар арасында саламат орталықты қәлиплестириў, белсенди оқыўшылар ерисип атырған нәтийжелерин ен жайдырыў ҳәм номинацияның абырайын арттырыў мақсетинде 7-8-9-10-класс оқыўшыларына көрик таңлаў жәрияланды ҳәм февраль айының ақырғы ҳәптесинде жеңимпазлар анықлаў бойынша кеше шөлкемлестирилди. Бул кешени руўхыйлық ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары З.Атамуратова ашты ҳәм басқарып барды. Кешеге қарақалпақ тили әлебияты пәни муғаллимлери, класс басшылар, Жаслар жетекшиси, мектеп китапханашысы қатнасты.

Бул кешеге қатнасқан оқыўшылар тәрепинен оқыған китапларын үгит нәсиятлаў бойынша әмелге асырылған жумыслары бойынша сөйлеп берди. Кеше жуўмағында «Үгит нәсиятшы китапқумар оқыўшы» номинациясына 9-класс оқыўшысы Жуманиязова Гулбану жеңимпаз болып табылды ҳәм ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Номинация жеңимпазы сүўрети «Үгит нәсиятшы китапқумар оқыўшы» тахтасына илдирилди. Бул қызымыздың ата анасына миннетдаршылық хаты жиберилди.