2023 жылда халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў

Республикамызда 2023 жылда халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында
Өзбекстан Республикасының 2020 жыл 16 марттағы “Халықты дизимге алыў ҳаққындағы” Нызамы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 11 ноябрдеги 710 санлы “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары ҳаққындағы” қарарының мазмуны тусиндирилди.
Бүгинги күнде дунья жүзинде гүзетилип атырған коронавирус пандемиясы себепли, бир неше мәмлекетлерде халықты дизимге алыўды өткериў мүддетлерин кейинги жылларға көшириў шараларын көрмекте. Сондай-ақ, 2020-жылда Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Армения Республикаларында өткериў режелестирилген халықты дизимге алыў илажлары 2021-жылға көширилди.
Халықты дизимге алыў илажы кең көлемли, көп ўақыт ҳәм үлкен қаржы талап ететуғын илаж болып, оны өткериў ушын 2-3 жыл даўамында таярлық жумысларын алып барыўды талап етеди.
Республикамызда ғәрезсизлик жылларында халықты дизимге алыў илажы биринши мәрте өткерилип атырғанлығын инабатқа алып, илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары ҳаққында»ғы 710-санлы қарары менен Республикамызда халықты дизимге алыў илажы 2023-жылда өткерилиўи белгиленди.
Қараөзек районы статистика бөлими